⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРҚА

Қарақалпақша

ат. 1. Адамның аркасы, жотасы. Қан басымын пәсейтиў ҳәм қан айланысын жақсылаў ушын жыллы душ қабыл етип, суўңы мойныңыз хәм арқа тәрепиңизге жөнелтириң (газетадан). 2. анатом. Мойыннан сегизкөзге дейинги адамның дене турқының сыртқы жағы. Абайлаңлар бирақ көралмас пәстен, Арқа пышақ урар нәмәрт, нәкәстен, Жаўдын ең жаманы шыққаны иштен, Ҳәр бир Ерназардың жолға ғаўы бар (З.Жоллымуратова). 3. аўыс. Туў сырт, арт жақ, артқы, арт бети, бир нәрсениң терис жағы, изде. 4. аўыс. Өтип кеткен ўақыт, пайыт. Арқаға көз таслаў. 5. геогр. Тәреп, бағдар, географиялық атама. Кублаға қарай арқа шығыстан, Көкшил бултлар шығып барады (Ш.Мәмбетмуратов). 6. Кублаға қарама-қарсы тәреп. Арқа, Шымбай тәрепте күн шығыста, Кегейлиниң бойларында шабыста. Илҳам пери услап жағыстан, Бир шайыр дүньяга келди де кетти. (А.Ережепов). 7. аўыс. Арқасы бар — гейпара адамлардың лаў етип қызбадық, өзгеше елиргиш қәсийети бар екенлиги. Арқа сүйэў — тирек, сүйениш, арқа сүйер, жәрдемши, нсенимли адам. Арқа сүйер жалғыз таўы қыз апасы Айсултан еди (Х.Сейтов). Қойып өз орнына иззет-хүрметин, Қәдирлең барында етип хызметин, Ким сыйлаған сизге жасаў ләззетин? Арқа сүйер ата-анаң ғәниймет. (Б.Сарыбаев). Арқасы қозыў — қызығыў кеўил кетиў, қызып кетиў, Сөйлесе арқасы қозған, Жүйрик болып кимнен озған (Әтеш шайыр). Денсаўлықтың арқасы — аўырмай дени саў болыўы, сап денели. Денсаўлықтың арқасында жүзге шығыўыңыз ушын, өзлеримизди күгиўимиз керек (К.Смамутов). Арқасын қағыў — хошаметлеў, марапатлаў, ҳүрмет көрсетиў ушын қолланылатуғын ишара. Арқасы музлап қоя бериў — сескениў, түршигиў. Арқасынан жүк түсиў — мүшкили жеңиллесиў. Арқа тиреў — сүйениў, исениў. Бир арқа — шамасы келетуғындай, арқасына сыйғанша. Ийт арқа — жайды салыўдың бир түри. Бул жайды салып болып, бастырғаннан кейин қырық ешектиң ямаса ийттиң арқасына уқсаслығына байланыслы келип шыққан болыўы мүмкин. 8. Көмеги менен, арқалы.