⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРЫСЛАН

Қарақалпақша

ат. 1. Пышық тәризлилер туқымласына киретуғын тырнақлары өткир, күшли, ири жыртқыш сүт емизиўши ҳайўан. Жигит сөзинен, арыслан изине қайтпас (ққ.х.н.). 2. аўыс. Күшли, айбатлы, баҳадыр, дәўжүрек, өжет, қайсар, батыр, жигитлердиң султаны адам қаққында (усы хайўанға салыстырып сыпатланады). Айбатына қарасаң, Адам түўе досларым, Арыслан да қорққандай («Қырқ қыз»). 3. Ер адамлар аты. 4. астроном. Эклипкадағы он еки зодиак шоқ жулдызлардың бири.