АРШЫН
Қарақалпақша
ат. 1. Метр өлшем системасына кирместен алдынғы қолланылған узынлық өлшем бирлиги (0,71 метрге тең).
Ол төрт-бес аршын бийикликте дәрўазаның үстине шықты (С.Салиев).
2. Усы өлшем бирликтеги өлшеў әсбабы; гез, адым.
3. аўыс. Биреўге, бир нәрсеге ямаса ўақыяға өзиниң жеке көзқарасы бойынша баҳа бериў, өлшеў, салыстырыў.
Өз перзентине берген ананың биринши аршыны тийкарсыз болмайды (К.Досанов).