АРШЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қабығынан тазалаў, қыршыў, алыў.
Ымысын шабақларды аршып тазалағанша, Шәжим бир қепшик жүўерини қоңсысынды дигирманына барып майдалап тартып келди (Қ.Досанов).
2. аўыс. Кеўил кирин кетириў, өкпе-гийнени жазыў, кеўил алыў.
Әжинияз әкесиниң бопсасы менен өкпесин аршыў ушын жымыйып күлди (К.Султанов).
3. аўыс. Қайта қозғаў, қопарыў.
Басын аршып алыў — бәледен, гинадан ақланыў, бойын аўлақ салыў.