АРХАИЗМ
Қарақалпақша
(грек.
archaios — ең биринши, ертедеги) линг.
Белгили дәўир ушын гөнерген, қолланылыўдан шығып баслаған тил бирлиги, өзиниң мазмунына қарай салт-дәстүрди, диний түсиниклерди, хожалық затлары менен ҳәр түрли атамаларды аңлататуғын сөзлер.
Мыс: Онсери бел менен сийсери кетпен, жантақ дәстелетип, томар геўлеткен (И.Юсупов).
Ертеде онсери, сийсери — салмақты белгилейтуғын өлшем бирликлери болған.