АРУЗ
Қарақалпақша
(арабша-қосық өлшеми) 1. әдеб.
Араб поэзиясында қосық дүзилиси бойынша илимий қағыйда.
Аруз — узынлы-қысқалы буўынлардың өз ара тәкирарланып келиўине негизленген күтә қыйын қосық өлшеми.
Ол қосықтың турақлы қағыйдасы сыпатында арабларда белгили илимпаз Халил ибн Ахмед тәрепинен тийкар салынады, кейин бир қатар күншығыс халықларының поэзиясына таралады.
Аруз өлшеминде алпыс қосықтың түри бар, соннан кең пайдаланатуғынлары-хаджаз, раджаз, рамал, мутакариб, мудари, вафир, камил, басит т.б.
2. Қосық өлшемлери хаққындағы тәлиймат.