АРТИЛЛЕРИЯ
Қарақалпақша
ат. (лат artillere-таярлаў) 1. Топ, миномёт хәм т.б.
усы тәризли оқ атыў қураллары жыйынтығы.
Зенит артиллериясы.
Палаткада отырғанымызда артиллерия атыспаларының хәм снарядлардың жарылған даўыслары анық еситилип турды (Н.Дәуқараев).
2. Усындай қураллар менен қуралланған әскерлер топары.
3. Топ, снарядлар ҳәм олардың дүзилиси, урыста қолланылыўы қаққында пән.