⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРЕНА

Қарақалпақша

(лат агепа-кум) 1. Әййемги Рим тамаша көрсетиў орынларының амфитеатр ортасындағы қум себилген айлана майданы. Спорт ойынлары, гладиаторлар урысы, өлимге хуким етилгенлердиң жабайы ҳайўанлар менен гүрес тамашасы ушын арналған; 2. Ҳәзирги заман циркинде тамаша орны, ойын майданы, майданша, кеңислик. Ол ҳәзир манеж деп аталады. Цирк аренасы диаметри 13,5 м; 3. Спорт майданы — арнаўлы спорт түрлери бойынша оқыў тренировка шынығыўлары ҳәм жарыслар өткериўге арналған майданша, ашыклық, кеңислик. 4. Майдан, көпшиликке тарқатыў. Олар әдебиятымызды кең аренаға шығарыўда шын кеўилден хызмет етип атыр («Әмиўдәрья» ж.).