⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРАҚ

Қарақалпақша

(араб тилинен — тер, пуўланыў) Суў ҳәм этил спирти араласпасынан таярланатуғын ишимлик, шарап. Арақ ишип мәс болған, Өз-өзине қас болған (А.Бегимов). Кафе тойлар еди буннан тысқары, Арақ болды сәл ғыйт етсе қушқаны, «Жүз грамм қуй» — сылтаўынын биреўи, Таң азанда турса шеке қысқаны (Ж.Хожалепесов). Бар тапқанын ишип жүрген заңғар бул, Алтын менен арақ турса алдында, Ойланбастан шайтан шайын таңлар бул (Ж.Хожалепесов).