⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРАЛАС

Қарақалпақша

1. кел. Бирдей емес, ҳәр түрли. Аралас санлар. Дәрьяның еки бойы тал аралас тораңғыл тоғай болған (К.Султанов). Аралас егинлер аўыл хож. — Бир танапта бир ўақытта өсирилген бир неше дақыл. 2. Қосылған, қарысып кеткен, сиңискен, бирге (түрли инсанлар, нәрселер). Суўымды сағалас еткен, Елимди аралас еткен, Түркменге намалас еткен, Ғардашы көп туўысқанлық (И.Юсупов). 2. көм с. Аралас қоспа гәп — дизбекли, бағыныңқылы, дәнекерсиз қоспа гәплердиң аралас байланысынан дүзилип келгенде де, дүзилиси, орын тәртиби ҳәм мәнилери жағынан ҳәр түрли болып келеди. Аралас-қуралас — қосылып, биригип кеткен.