АР I
Қарақалпақша
Адамгершилик қәсийет, намыс, уят, хүждан.
Асыраймыз, айбатым деп, арым деп, Ялғаншыда, өмирлигим, барым деп (С.Кунназаров).
Қарақалпағымсаң — намысым, арым, Ал мен перзентиңмен, мәңги диярым (Г.Есемуратов).
Ар көриў — намысланыў, уят санаў.
Арын арлаў — намысын қорғаў, пәклигин дәлиллеўге ҳәрекет етиў, көмеклесиў.
Арын сақлаў — намысын қорғаў, адамгершилигин сақлаў.
Арын сатыў — намысынан безиў, уятқа қалыў.
Арын төгиў — намысын қорлаў, уятқа қалдырыў.
Пәнт жедим, ар-намысым ишиме сыймай жүрегимди жандырып жиберди (А.Бекимбетов).