АПАТ
Қарақалпақша
ат. 1. Қәўип-қәтер, қырғыны, бахытсызлық, күтилмеген жерден болған аўыр ўақыя, тосыннан келген қәўип.
Тосаттан келиўши апат, бәлелер, Тарийхқа айланар қара сәнелер (С.Курбанов).
Гүрес бир абырай, урыс бир апат, Кисини кемситпек саған кәсапат (Мақтымқулы).
2. Машина ямаса басқа техниканың бүлиниўи нәтийжесинде адам күшли жарақатланыўы яки өлимине себепши ўақыя.
Ашылмастан, он гүлиннен бир гүлиң, Аҳ! Жол апатына тап болып сиңлим, Кең дүньяны бизге тар қылып кеттиң (Ақшолпан Аманияз).
Апатқа ушыраў (болыў) — шығын болыў, қаза табыў, қыйраў, бүлгиншиликке ушыраў.