АПА
Қарақалпақша
ат. 1. Ана, баланың туўған анасы, шешеси.
Әкем неге екени белгисиз, апама бир, маған бир көз таслап, қып-қызыл болып кетти (К.Смамутов).
Алыстан аңсап келемен, «Үлкейемен еле мен, Апама жәрдем беремен, Ислеринди сағындым» (Ү.Тәжимуратова).
2. Әжапа, қыз апа, бирге туўысқан қыздың үлкени.
Ол ҳәзир Хемиолидиң оғада жас шағында қайтыс болған апасы қаққында ойлады (Р.Тагор).
3. Әкесиниң яки анасының анасы, әжеси, кемпир апасы.
Апам шаўлық, анам ақлық көрсем деп, Ал иним жүр алдым ашық жүрсем деп (Қ.Бабаниязов).
4. Жасы үлкен қаял адамды хүрмет етиў, ҳүрметлеў мәнисинде қолланылады.
«Апа, енди теңиз жоқ, кемелер қатнамайды, балаңыз қайтса машинада ямаса самолётта келиўи мүмкин, бирақ теңиз жолы менен емес» — дейди (газетадан).