АНЫҚ
Қарақалпақша
(араб — нәзик, түсиникли, рәўшан) 1. Еситиў, көриў, түсиниўи бойынша жақсы, толық түсиникли.
2. Ҳақыйқатқа сәйкес, ҳақыйқый, нағыз.
3. Сөзсиз, туўры.
4. Белгили, мәлим.
5. Пикирдиң ырас екенлигин андатады; әлбетте, шубҳасыз, дәл, белгили, нақ, гүмансыз.
Қашқын путалықтан сүмирейип шықты, турқы менен түр-түсин анық көрдим (Ө.Хожаниязов).
Сол жолбарыс пенен анық еки күн, «Балшық қумның етегинде айқасқан (Т.Қабулов).
Айдан анық — даўсыз, гүмансыз, айқын.