АНТОНИМ
Қарақалпақша
(грекше, қарама-қарсы атамалар) Мәниси жағынан бир-бирине қарама-қарсы сөзлер, атамалар.
Антонимлер әдебиятта антитезалардың жарыққа шығыўын тәмийинлейди, оның бир көриниси.
Антоним топонимлер — мәнилери бир-бирине қарама-қарсы болған топонимлер.
Антоним фразеологизмлер — қарама-қарсы мәниге ийе фразеологизмлер.
Мыс: аўзы гөжедей қайнаў — аўзына қатық уйытыў.