АНАФОРА
Қарақалпақша
(грек.
анафора — өрлеў, жоқары көтерилиў) ат. әдеб.
Поэзияда яки прозада дәслепки қатарлардың бирдей сөзден ямаса биргелкили фразадан басланыўы, яғный бирдей сөзлердиң ямаса конструкциялардың қайталанып келиўи арқалы жасалатуғын күшейткиш фигура.
Оның сеслик, лексикалық, синтаксислик, строфалық түрлери бар.
Қосықтың ҳәр катары бир сөзден басланыў стильлик тәсили.
Мыс: Ойлай билмегенлер қайдан түсинсин, Озық ойлы жаңа дүнья адамы, өзи ушын емес басқалар ушын, өмир сүретуғынлығын мудамы (И.Юсупов).