АНАЎМЫНАЎ
Қарақалпақша
ал.
Майда-шүйде, оны-буны, шамалы, кишигирим, ол жер, бул жер, қалай болса солай, әлле қалай, әйтеўирден-әйтеўир, жеңил-желпи, қурыдан-қуры.
Анаў-мынаў хызметке шақырса сирә келмейди (Х.Сейтов).
Ромео ҳеш ўақытта анаў-мынаўды абайлай бермейтуғын еди (Р.Тагор).
Анаў-мынаў менен.
Ол-бул, әҳмийетсиз нәрселер менен шуғылланып.
Анаў-мынаў деп.
Ҳәр нәрсени айта бермей.