⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АМОРТИЗАЦИЯ

Қарақалпақша

1. экон. Мийнет қуралларының (машина, үскене, имарат т.б) тозыўына, гөнериўине қарап, олардың бахасын белгили бир дәўир даўамында ислеп шығарылып атырған өним үстине қойып, сол жол менен гөнерген затлар баҳасын қаплаў. 2. Шахс яки шөлкемниң узақ мүддетли қарызын сатып алып үзиўи. 3. Жоғалтыў, урлатыў ҳәм т.б ақыбетинде қарыз миннетлемесин ҳақыйқый емес деп тән алыў. 4. Автомашина, самолёт, имарат ҳәм т. басқа нәрселердиң урылыў, силкиниў күшин пәсеңлетиў. 5. Спорт. Спорттың ҳәр бир түрине байланыслы ҳәрекет.