⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛҚЫМ

Қарақалпақша

ат. Мойын, гегирдек (ийек пенен ийинниң аралығы). Гезлескен ҳәр бир түбир оның алқымынан алатуғындай сезиледи (Т.Қайыпбергенов). Айырым еллерде адамлар буўысар алқым, Инақ болып жасап атыр елдеғи халқым, Бунда енапаттай үлесиң келешек жарқын, Дәл усы жерде аға басқадан парқың (О.Турдақов). 2. Кийимдеги ең жокарғы мойын тәрептеги түйме, сәдеп тағылатуғын тәрепи. 3. аўыс. Бир нәрсениң қаптал тусы, жийеги. Алқым астында — жүдә жақын, түбинде. Алқымынан алыў — а) жағасына жабысыў, қылғындырыў. б) жанын қысыў, есин алыў, қыйнаў. г) асықтырыў. Алқымынан қысыў — қылғындырыў, қыйнаў. Жан алқымға келиў — албыраў, қысылыў, қыйналыў, қысылыспаға түсиў.