АЛҒЫШ
Қарақалпақша
1. кел. Алыўшы.
Шатыраш қағаздағы төрт жол қосықтай, Шахматтың таслары сап тартқан қатар.
Пилди беркиниске қойып асықпай, Жан алғыш Ферзаны алға қаратар (Еркин Вахидов).
2. кел. Айтқанды тутқыш, қабылдағыш, ала беретуғын, пайда түсиргиш.
Тил алғыш болса перзентиң, ақылы артық кисидей, Тил алмаса перзентиң, түсинде көрген исиндей (нақыл).
Оның тил алғышлығы соншелли, апасының бир рет жап бойына барма деген сөзинен, қасымыздағы насос салмаға да жақынламас еди (А.Бекимбетов).
3. Аң аўлағышлық, аўлаў қәсийети (бүркит, жүйрик тазыларға айтылған қәсийет).