АЛШАҚ
Қарақалпақша
р. 1. Қайшы, дурыс емес, надурыс, натуўры.
Гүл мәўсими өтер, бәҳәри-жазы, Биймезгил урмағай қазан аязы, Ашық Аяз сен деп питкен баязың, Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас.
(И.Юсупов) 2. Алыс, еки басқа, еки тәреп.
Бизлердиң жолымыз бир-биримизден алшақ түсти («Жеткиншек» г.).
3. Арасы алшайған, қашық, талтайған.
Тәғдир жоллар алшақ түсип айрылып, Кетсең де...қарамай изге қайрылып.
(Ақшолпан Аманияз).
4. Бөлек, дара.
Алшақ басыў — аяғын талтайтып жүриў.