АЛТЫН
Қарақалпақша
ат. хим.
1. Жүдә қунлы, бақалы, жумсақ сары түсли металл.
Арпа, бийдай ас екен, алтын, гүмис тас екен, (ққ.х.н.).
Алтын жерден шығады, батыр елден шыгады (ққ.х.н.).
Туўған жердиң топырағы өзге дым, Буйыртса сүртемен көзлериме шын, Бир тасын бермеймен алтын-зерте мың, Бир қызың сағынды Қарақалпағын (Г.Курбанбаева).
2. Алтыннан жасалған ақша, алтын теңге.
Жасап атырсаң, ғамсыз бендедей, Еки жағы бирдей алтын теңгеден (У.Бижанова).
Алтын көрип жолдан шықты, болымсыз бир бенделери, Ерназарды атты өзи, Ханаласы, қарар көзи.
(Г.Нурлепесова).
3. сөйл.т.
Усы металлдан иеленген зергерлик буйымлардың жалпы аталыўы.
Алтын отта билинеди, Ер мийнетте билинеди (ққ.х.н.).
4. Адам аты, иеми.
0 Ақ алтын — пахта туўралы көркемлеп айтылыўы.
Мийнеттиң табында пискен халқым бар, Зая етпес ақ алтынның бир талын.
(М.Жибек).
Алтын балық — қыялый ертеклерде ушырасатуғын, тилегиңди орынлайтуғын балық.
Менде қәпестеги «алтын балықпан», Көзлери төрт бөлып күтип жалыққан (Г.Дәўлетова).
Алтын бас — хүрметли, сыйлы, қәдирли.
Өсер ата қутлы болсын елиў жасың, Ҳәмийше жумаласын өрге тасың, Ул-қызыңнан ақлық сүйип, дениң саў аман болсын алтын басың (Ақшолпан Аманияз).
Алтын бесик — туўылып өскен орталық, киндик кесилген жер.
Хош анам, бөлеген алтын бесикке, Тал шыбығың тербетилип өсип пе?!, Кетип баратырман өзге есикке, Самай шашларынды сыламайынба?!.
(Г.Дәулетова).
Алтын босаға - туўылған, өсип жетискен үйи, жери, отбасы.
Алтын әсир — раўажланған, гүллеген дәўир.
Алтын дәўир - 1. Адамның басынан кеширген балалық, жаслық дәўирлери.
Эхх балалық дәўирлердиң алтыны, Уялаттың сезим гөдек еткендей.
(Ж.Хожалепесов).
Алтын жалатқан — ишки тәрепи басқа металлар, сыртын жуқа алтын қабаты менен қаплаў.
Алтын қабақ — түркий халықларына тийисли мергенлик пенен ержүрекликти сынайтуғын, ақша тигилип өткерилетуғын халық ойыны.
Алтын жулдыз — Кеңес ҳүкимети пайытында урыста мәртлик көрсеткен ҳәм Ўатанга көрсеткен мийнетлерин инабатқа алып хүкимет тәрепинен берилетуғын ең жоқары орден.
Алтын кән — а) алтын қазып алынатуғын орын; б) таўсылмас байлық, руўхый байлық.
Алтын гүз — гүз паслын көркемлеп сүўретлеў.
Босатып орынды сен «қыс»қа, Болдыма өмириң дым кысқа? Абыржы кеўлимнин намасын, Алып кет! Алтын гүз — мә усла! (Ақшолпан Аманияз).
Алтын ғәзийне — бақалы, аса қунлы материал, руўхый азық.
Халықтың алтын ғәзийнесин қолга алып, Ғарры жыраў қыя шөлде толғанып, Алып шығып әсирлердиң шыңынан, Жаңа әўладқа мийрас етти куўанып.
(И.Юсупов).
Алтын қор — а) Куйылған ямаса монета түриндеги бақалы металлардың мәмлекетлик қоры; б) таңдамалы, өзгеше, табылмайтуғын материал.
Алтын медаль — а) орта мектепти айрықша бақаларға питкерген оқыўшыларға мәмлекет тәрепинен берилетуғын медаль; б) сиңдирген мийнети ушын берилетуғын рәсмий марапат; г) спорт жарысларында озып шыққан спортшыларға бериледи; Қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова қәм Гүлистан Пердебаева Жәқән кубогының командалық жарысында алтын медальды қолға киргизди.
(газетадан).
д) Өндирис, көркем өнерде өткерилетуғын жарыслардың жеңимпазларына бериледи.
Алтын менен тең — алтынға барабар, бирдей, қымбат.
Алтыннан қунлы — аса баҳалы, дым қымбат.
Алтын сандық — таўсылмас даналық, шешенлик, шежире.
Алтын Орда — монғолллардың 1240- жылларыдан баслап 1502-жылларға дейинги Монғол империясын дүзип, басқарыў дәўири.
Соң оның ата-анасы Алтын Орданың пайтахты Сарай қаласына көшип кеткен (шежире).
Алтын таж — патшалық белгисин билдиретуғын, патшалар кийетуғын алтыннан жасалған таж.
Алтын таж кийиў — 1. басына бахыт қоныў, дәўлети жүриў.
2. көркемлеў.
Ана тилим сен өзиме жақынсаң, Басыма кийген алтын тажымсаң, Қәстерлеймен ғайбар бабам ўәсиятын, Мейли жыллар, мыңлап әсирлер ассын (С.Шаддинова).
Алтын той — елиў жас биргеликте жасаған ерли-зайыплылардың мереке белгилеў тойы.
Алтын ўақыт — жеке, қунлы ўақыт.
Денеңизде күш, өзиңизде имканият барда алтын ўақытты пайдалы мақсетке жумсап қалыўға, баҳалы өмириңизди саўаплы иелерге сарплаўға ҳәрекет етиң (газетадан).
Ат басындай алтын фольк.
— а) қуймасы әўеле жылқы басының түринде қуйылган, туяқ көлеминен үлкенлеў алтын; б) танлаўлы, өзгеше.
Қара алтын — көмир.
Қуйма алтын — белгили бир қәлипке келтирилип қуйылған, басқа металлардан ажыратылған сап алтын.
Қулағыңа алтын сырға — ескертиў белгиси яғный муқыятлаў, жақсылап еслеп қалыў; Сары алтын — 1. салы егинин көркемлеп сүўретлеў.
2. аўыс. Пайдалы.
Сабыр түби сары алтын (ққ.х.н.).