АЛП
Қарақалпақша
ат. 1. Әййемги түркий халықларда еки ләшкерлер ортасында урыс басланбасынан алдын жекпе-жек алысыўда қатнасыўшы жаўынгер.
2. Фольк.
Қарақалпақ халық дәстанларында ғайры-тәбийғый күш-қуўаты, мәртлиги, дәужүреклиги т.б.
менен ажыралып туратуғын қаҳарман.
3. Дәў, күшли, қүдирет, таң қаларлық.
Алп анадан туўады, Ат бийеден туўады (ққ.х.н).