АЛМАСТЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бириниң орнына екиншисин қойыў, орнын өзгертиў, бир затты екинши зат пенен алмаслаў.
Олар балықшылардан дәнге жас балық ҳәм қақпаш алмастырып алады (А.Бегимов).
2. Басқа кийим кийиў, өзгертиў.
Күгимсиз салақ болма, Ҳәптеге моншага түс, Ески кийимлеринди жылдам-жылдам алмастырып тур (газетадан).
3. Жаналаў.
4. өзгертиў.
5. Орнын басыў, хызметин атқарыў.