⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛЛА

Қарақалпақша

ат. дин. 1. 18 мың әлемди, Қыямет-қайымды жаратыўшы Қудай, қүдирет ийеси, дүньяның пайда болыўында ҳәм оның өмир сүриўинде қүдиретке ийе. Ал, десе хош болар кеўли молланың, бер десе тәрк етер ҳәмирин аманың (К.Султанов). Урыс болған жерлер бизден зыят па?! Апатлардан бизди Аллам сақласын. (Г.Дәўлетова). Алла ақыйрын берсин — тилек, Кудай исин оңғарсын, изи қайырлы болсын мәнисинде. Алла берди — несип етти, буйырды. Алла биледи — қудай биледи, түсиниксиз, белгисиз, анық емес. Алланың нуры — Кудайдың пүткил әлемге нур, тиришилик беретуғын қәсийети. Алла жарылқасын (яр болсын) — тилек, Қудай қолдасын, жәрдем етсин, миннетдаршылық белгиси.