АЛДЫРЫҚ
Қарақалпақша
ф. 1. Әкелдириў, алғызыў, әкелиўге биреўди жумсаў, буйырыў, басқа биреў арқалы жумыстың орынланыўы.
Алты аўыз ала болса аўзындағыны алдырады, Төрт аўыз түўел болса төбедегини түсиреди.
(ққ.х.н.) 2. Шақыртыў, алғызыў.
3. Асты, тағамды ишкизип-жегизиў, ишимлик иштириў.
4. Сақал-муртты, шашты қысқартыў, қырғызыў, кескизиў.
Өскен шашымды алдырыў керек екенин айтты.
(Ж.Аймурзаев).
5. Алғызып таслаў, жоқ етиў.
6. аўысп.
Урлатыў, қоллы болыў.
7. Айырылып қалыў.
8. Услатыў, қолға түсиў.
9. аўысп.
Жеңилиў, дизе бүгиў.
10. аўысп.
Алданыў, исенип қалыў.
11. аўыс. Тоқтап қалыў, гибиртиклеў.
Аяғы алдырмаў — аяғын баса алмаў, жүриси қыйынласыў.
Дем алдырыў — дем бериў, шаршағанын шығартыў, дем алғызыў.
Дем алдырмаў — тоқтамастан, иркилместен.
Ортаға алдырыў — талқыға салыў, тергеў.
Сыр алдырыў — сырын билдирип, сездирип койыў, ҳәлсизлигин көрсетиў.
Сыр алдырмаў — сыр шашпаў, билдирмеў.