АЛДЫНАН
Қарақалпақша
р. 1. Қарсысынан, қақ маңдайынан, туўра алдынан.
Асығып албырап киятырған адамның алдынан сасқалакдап киятырған Сатгар шықгы (Ж.Аймурзаев).
2. Бир нәрсени басламастан алдын, ертеден.
Таң азаннан баслап, жаңа жумыс күни басланыўы алдынан жолаўшылар ҳәм автомашиналардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға қум-дуз араласпасы себилип баслады (газетадан).
Алдынан өтти — а) кеширим сорады, б) ақыл-кеңес сораў.
Алдынан шықты — а) қарсы ғезлести, алдына жолықты, б) ҳүрметлеп қарсы алды.
Көз алдынан кетпэў — есине түсире бериў, ойынан шықпаў.
Көз алдынан өткизиў — өткенди еслеў, есине түсириў.