АЛДЫНА
Қарақалпақша
р. Ортаға, көпшиликке, ҳәммеге.
Серимбет орнынан турып, жыйналысты ашты ҳәм көпшиликтиң алдына күн тәртибин қойды (Ө.Айжанов).
Алдына адам салмаў — өз қатарының алды, теңлеси жоқ.
Алдына адам шықнаў — ҳешким бетине қарсы келе алмады.
Алдына келтириў — ислеген исин өзине қайтарды, есесин қайтарды.
Алдына салды — а) көзине көрсетти, алдына жайды, б) сынатты, сарапқа салды.
Алдына (кесе) тартты — а) усынды, берди, сыйлады, б) нәзерғе усынды, көрсетти, г) мәселе етип қойды, көтерди, есине салды.
Алдына түсти — а) илгери шықты, басып озды, асып кетти, б) үлкенниң жолын алды, ағаның алдына түсип дәстүрди бузды, г) бағынышлы болды, мойнына алды, айтқанынан шықпады.
Көз алдына келтириў — ойына алыў, еслеў, ойына елеслетиў.
Келешекте ана болыўын көз алдына келтириў ҳәр қандай ҳаялға қуўаныш бағышлайды (газетадан).
Өз алдына — а) жеке, дара.
Ал ақыллы ҳаял әкеси туўралы жақсы сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына хүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди (нәсият).
Өз алдына түтин түтетиў — жеке үй болыў, шаңарақ болыў, отаў тигиў, шаңарақ көтериў, бөлеклениў.