АЛДАНЫШ
Қарақалпақша
ат. 1. Дәртке куўат, медет, кеўилге жубаныш, ўақыт өткергиш, күш-куўат.
Шәжим менен Шамурат усы еки үйдиң алданышы да, куўанышы да (Қ.Досанов).
Жутым ушын бул не деген дағдарыс, тарыққанда табылмады бир таныс, Мен де келдим Даўыткөлди жағалап, Қурсағым аш, тек қосығым алданыш (С.Нурымбетов).
2. Ермек, шуғылланыў, машқ, үйреншикли ис.
3. Ўақытша.
Орамалымның бир шетин жырттым да, аяғындағы шылғаўын алмастырдым, бул да бир алданыш еди (газетадан).