АЛДАН
Қарақалпақша
р. Күн бурын, алдын ала, илгери, бурыннан.
Оны татқан адам кешеди палдан, Ҳәм өз келешегин сезеди алдан (И.Юсупов).
Бул дүньядан жумғаннан соң көзимди? Буны алдан ҳеш ким айта алмаған, Қалыс хызмет — бизден, несип — Алладан (Х.Дәўлетназаров).
ф. 1. Биреўдиң ойнап, ҳәзил ушын айтқан өтиригине, жалған сөзине исенип қалыў, инаныў.
2. Қызығыў, ермек етиў, алданыш етиў.
Тәнепис пайытында көп жигитлер түтин түтетип, шылым менен алданады (газетадан).
3. Айланып қалыў, тоқтаў, иркилип қалыў, гидириў.