⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛДА

Қарақалпақша

р. 1. Алдынғы қатарда, алдынғы жақта, илгерилеп, озық, ҳәммеден бурын. Ең алда Азамат — оқыўда да, спортта да, жәмийетлик жумыста да өрнек көрсетип жүр (газетадан). Алда, — алысырақта бир-еки жақты жылтылдаған көринеди (А.Әлиев). 2. Келешекте, алдында, енди болатуғын. 3. аўыс. Қызықтырыў, дәмелендириў, еликлетиў (емекситиў).
ф. 1. Биреўди хыйле, сумлық пенен отырғызыў, өтирик сөйлеў. Халқын алдаған бий оңбас, қатыны салақ үй оңбас (нақыл). 2. Алларқатыў, кеўилин алыў, тынышландырыў. Алдағаны бала жақсы (нақыл). Көз алдады — арбады, алларқатты.