АЛАШ
Қарақалпақша
ат. 1. тар.с. Әййемги қазақ тайпаларының ең дәслеп қәўим болып бириккен аўқамы, «қазақ» деген бурынғы елдиң улыўма аты.
Алаш қәўимниң биригиўи ХИИИ әсирдиң баслары, Монгол топылысына қарсы шөлкемлескен аўқам екени байқалады (ҚСЭ).
2. гөн.с. Қазақ урыўларының ерте замандағы ураны.
3. Ел, халық, журт.
Әнес Мәлик еки киси, Пайғамбардың сахабасы, Әнес қазақтың бабасы, соннан алаш болған екен (Бердақ).
0 Алты сан алаш, алты алаш — а) тар.с. алаш қәўимине кирген ири-ири алты тайпаның аты менен байланыслы қәлиплескен атама.
ХИИИ әсирде олар «алты сан алаш болып аталса XIV—XVI әсирлерде «алты алаш» қәўими, алаш үлеси деп көбирек айтылған (ҚСЭ).
б) дуйым журт, пүткил ел.
Алты сан алаштың көрки, Ондай қыз болды ма бәлки (Әтеш).