АЙЫП
Қарақалпақша
ат. Ерсилик, гүнакарлық, хадден тыс хәрекет, келиенейтуғын ис, қәтеси, гүнасы, кемиси, хәрекет, жаман ис, жаман қылық, жаман әдет, жазығы, қылмыс.
Ағалар сөзимди көрмеңлер айып, Кисини айтпайман сыртынан сайып... (Бердақ).
Хаў, гүбелек, мақтанасаң шалқайып, Билмей турып кемис тапсаң бул — айып (И.Юсупов).
Адасқанның айыбы жоқ, қайтып үйирин тапқан соң (ққ.х.н.).
Бир айыбы базар жайдың жаңасы (Т.Сейтжанов).
...айыбы үшин кеширим сураған (А.Бекимбетов).