⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЙРЫ

Қарақалпақша

ат. Темир жаба, еки ямаса үш-төрт тисли, айры тис, ушы еки айры. Чайды қой, пәтирди қой, қолыңа айры, арқан ал (Әжинияз). О Айры киби — айры сыяқлы, мегзее. Айыўға мегзейди еки бармағы, Айры киби сүйри еки бармағы (Омар). Айры өркеш — айры өркешке усаған. Айры өркеш, келбетиң зор, Көп жас минип қурыпты тор, Қартайғанда болыпсаң қор, Заманында түйе екенсең (Күнхожа).