⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЙДАРҲА

Қарақалпақша

ат. 1. сөйл.т. Әпсана-ертеклерде ушырасатын үлкен жылан мәнисинде қолланылады. Шаршағанда ол кемпир, Айдарҳаны ат еткен («Қырқ қыз»). Арадан көп ўақыт өтпей-ақ тоғайдың қубла күн шығар тәрепинен бир үлкен айдарҳа ысқырып, дем шегип келе берди (ққ.х.е.). 2. Аўыс. Душпан, жаўыз. Айдарҳа иелеп саға, өринди, Талай заялады маңлай теринди (А.Дабылов). 0 Айдарҳасы жутады — жоқ қылыў, жеў. Оны излеп барған адамды айдарҳасы жутады,.... (Қ.Айымбетов). Айдарҳаның қанын пиашыў — тамақ қылыў, өлтиру. Батыр ағаң мәрт майданға киргенде, Суўдай шашты, айдарҳаның қанларын (Ж.Аймурзаев).