АЙБАТ
Қарақалпақша
ат. Түр-түс, қәҳәр, салтанат.
Айбатына қарасаң, Адам түўе досларым, Арыслан да қорққандай (А.Дабылов).
Ер Зийўар менен Ержанай алдымда жүрсең айбатым («Ер Зийўар»).
0 Айбат етиў — абай етиў, дәпиниў, хүким сүриў, айбат шегиў.
Бузаў ийтлерге айбат етти, Перигүл жибермей, мойнына қатып услап тур (Ө.Айжанов).