АЗАРБЕЗЕР
Қарақалпақша
азар-безер болыў ф. Қыйналыў, жан жуўытпаў, жақынлатпаў, бетлетпеў, шыжа-пыжа болыў, күйиниў, парт болыў.
Бала болса гә ес-түссиз қалып, гә бирден денесине ийне шаншылғандай азар-безер болып жатыр (А.Бекимбетов).
Мәлпей Айдананың сөзинен кейин азар-безер болып, парты шықты (Ө.Айжанов).