⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЗАР

Қарақалпақша

ат. Азап-ақырет, қыйыншылық. Бундай азарға қөниўге болмайды (М.Горький). 0 Азар шегиў — қыйналыў, азапланыў, ақыретлениў. Мен буннан азар шегип, зордан жүрмен (Қ.Жуманиязов). Азар бериў — қыйнаў, азап бериў, ақыретлеў. Азар бермей оятып, Келгендеги жумысын, Айдосқа булар айтады (Бердақ). Келген разведчиклерден еки адам жеңил жараланған, бирақ жүриўге жаралары азар берерлик емес (Қ.Досанов).