⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЗАНҒАЗАН

Қарақалпақша

р. Уў-шуў, бақырыс, ала топалаң, тәртипсиз, қалай болса солай, бийтәртип. Маллар да... мөңиреп аўылдың арасын азан-ғазан қылды (М.Абдраймов). Муз ыққаннан бери аўыл арасы азан-ғазан болды (М.Абдраймов). Мөңиреп киятырған әрўана сыйырлардың даўысы бийдиң басын азан-ғазан етти... (К.Султанов).