⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЗАН

Қарақалпақша

ат. 1. Таң атар мезгил, ерте ўақыт. Алламберген аға азанғы чайды ишип отырғанда мен де кирип барған едим (Ж.Аймурзаев). Азанғы шық пенен ақ пишенди сәскеге шекем орып қайтады (К.Султанов). 2. дин. Елатты намазға шақырғанда ямаса туўылған нәрестеге ат қойғанда айтылатуғын намаздың кириспе бөлими. — Азан айтып Алла деп, Ертели кеш бақырар («Ер Зийўар»). Мәзин намазшам намазының азанын жаңа ғана айтты (Л.Н.Толстой).