АЖЫРАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Айратүсиў, тарап кетиў, айырылысыў, айырылып қалыў, бөлеклениў, қол үзиў.
Балалардан ажырасқаннан соң Турым ийтлер шабаланған жерге жақынлап келди де, суўынлап жыйналған пишенниң тасасынан сығалады (К.Султанов).
Ҳәсирет-қайғы зил басып, ақылынан ажырасып (А.Дабылов).
2. Ерли-зайыплылардың некесин бузып, айырылысыўы.