АБЫСЫНАЖЫН
Қарақалпақша
ат. Туўысқан аға-инили адамлардың, урыўлас ағайинлердиң хаяллары бири-бирине абысын-ажын болады.
Уўайым қуртты-аў диңкемди, Қайғы басты-аў еңсемди, Қалай таслап кетемен, абысын-ажын ел сени (Ө.Хожаниязов).
«Күйеў бала келетуғын қусайды деп абысын-ажынның сыпсыңы шыққан ўақытта «Қайыптың қызы қашып кетипти» деген хабар сап ете қалды (К.Султанов).