⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЎДАРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Төңкериў, қопарыў, көз аўдарыў. Шақылдаған таяқ биреўинен соң бирэўиниң басына тийип аўдарып таслай берди (А.БЕГИМОВ). 2. Жер сүриў, бел ҳәм кетпен менен жерди аўдарыў. 3. Кеўил бөлиў, дыққат аўдарыў. Мине ҳәзир ол мениң аңсарымды аўдарып тур (Ө.ХОЖАНИЯЗОВ). 4. Көз аўдарыў, алартыў. Дыққат аўдарыў — кеўил бөлиў, көзге түсиў, көзге илиниў, ой бөлиў. Ислеген хызметлериңиз көзге илерлик ҳәм дыққат аўдарарлық (А.БЕКИМБЕТОВ).