АЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Балық тутатуғын үлкен тор.
Ол күнде Қәлли өзектиң жағасында аў салатуғын еди (Қ.Айымбетов).
2. Жамандық, дузақ, душпанлық, ҳийле.
Көрмеген жерде аңдап бас, Курып қойған аў болмасын (С.Мәжитов).
3. Табыс, ишип-жем, керекли азық-аўқат.
Аштың аўы жүрмейди (ққ.х.н.).
Бир түлки өзиниң күндеги әдети бойынша бир аўылға келип аў қыдырып жүр еди (ққ.х.е.).