А
Қарақалпақша
1. Қарақалпақ әлипбесиниң биринши ҳәриби.
«А» десең аяғын, «Т» десең таяғын көтереди (ққ.х.н.).
2. линг.
Қарақалпақ тилинде ашық, жуўан даўыслы езиўлик сес.
Тил тутасы менен кейин шегинип, тил түбиниң жутқыншақ дийўалына жақынласыўы, тил артының көтерилиўи, тилдиң алдынғы бөлиминиң түсиңки халда болыўы, жақтың кең ашылыўи арқалы а фонемасы жасалады (Ҳәзирги қарақалпақ тили.
Фонетика).
3. Дәнекер.
Сапаров мен боламан, а мынаў — жолдас Федотов (Ш.Сейтов).
4. Ой-пикирди санап көрсеткенде биринши, әўелги дегенди билдиреди.
Даралық санлар екиге бөлинеди: а) түбир санлар; б) дөренди санлар (Хәзирги қарақалпақ тили).
5. т.с. «Әй!», «Ҳәй!» сөзлерине мәнилес, биреўдин нөзерин аўдарыў ушын айтылатуғын сес.
А, патшайым, патшайым, Кетти мениң талайым (Қарақалпақ фольклоры); Д ал, моллекең енди рәўият айтады, — деп Аман оған жақындай түсти (М.Нызанов).
6. Корққанда яки қатты албырағанда айтылатуғын сес.
А-а-а-а! Мисли терең суўға сүңгип, деми таўсылғанда суў бетине «зоңқ» етип шыққан адам киби бир замат ойлар теңизиниң қушағынан босанған қария әлленемирде өзине келди (К.Кәримов).
7. Танданыў пайытында айтылатуғын сес.
Япырмай, а! Ойламаған ўақыя ғой мынаў! (М.Нызанов); А-а, айтарың бар ма? (К.Султанов).
8. Сораў мәнисинде қолланылатуғын танлақ.
Журтқа қайсы бетиң менен қарайсаң, а? (М.Шолохов); Келген бийлердиң бийноқыясын айтып таныстырыўды умытпайсыз ғой, а? (Т.Қайыпбергенов).
ҚУДАЙ Аллаға сыйыныў, жалбарыныў, тәўбеге келиў.
А, Қудай, тоба, жала бәлесинен саклайгөр! (Қарақалпақ фольклоры); Күни-түни Алладан рәҳмет тилеп, о-Қудай менен жасап, бүгинги жарқын күнлерге жетип, жасларға билген-түйгенин нәсиятлап отыр (Г.Есемуратова).