⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЎӘЛИЙЛИК

Қарақалпақша

ат. 1. Болжаўшылық, көзи ашықлық, алдын билип айтыўшылық, әўлийелик. Бир бәлениң болғанын, ўәлийлик пенен биледи, ... («Ер Зийўар»). 2. Билгирлик, тапқырлық. Соның ушын менен өш алайын деген мақсат пенен сени маған жумсаған деп ўәлийлигин айтады (Қ.Айымбетов).