ЎӘКИЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бир елдиң, мәкемениң ямаса шөлкемниң атынан жумыс ислеўге ҳуқық алған, исеним билдирилген жеке адам.
— Сен райкомның ўәкили болып барасаң ба? — деди оған (Қ.Досанов).
2. Белгили мәмлекет яки шөлкемниң тапсырыўы бойынша басқа елге барып оның аты менен жумыс ислеўши адам, елши.
3. Белгили бир тараў, айрықша топар, жәмийет ҳәм усы сыяқлыларға тийисли адам.
Оған таңлаў шөлкемлестириўшилери, қатнасыўшылары менен ғалаба хабар куралларының ўәкиллери қатнасты («ЕҚ» г.).