ЁЛКА
Қарақалпақша
ат. 1. Шырша, қарағайға усаған тоғайда өсетуғын ағаштың бир түри.
Бул тоғайлардың ишинде ёлка ағашы да бар екен, — деди солдат (А.Бекимбетов).
Самолёт пенен ёлка ағашларын да әкелди,... («ЕҚ» г.).
2. Ҳәр жылғы жаңа жылдың кириўиндеги мектеп жасындағы балаларға арналған салтанатлы ойын, заўық.
... ёлканы қоршап балалар ойнап жүр («Жеткиншек» г.).
Майданшадағы ёлка ҳәр түстеги электр лампочкасы менен безелген («КЖ» г.).
Ёлкаға көп адамлар жыйналды («КЖ» г.).